Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары
Креатив экономиканың дүнья көлеминде экономикалық өсиў, халықты жумыс пенен тәмийинлеў, мәдений-социаллық ҳәм инновациялар раўажланыўындағы роли күн сайын артып баратырғанын итибарға алып, мәмлекетимизде бул тараўды миллий қәдириятымызды инабатқа алған ҳалда жедел раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.
Дүньяның ең алдыңғы тәжирийбелери, заманагөй дөретиўшилик ҳәм инновациялық жетискенликлерин турмысқа нәтийжели енгизиўди ҳәм креатив экономика бойынша халықаралық көлемде өз-ара пикир алысыў ҳәм бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Ташкент қаласының глобал қарым-қатнаслар ҳәм мәдений орай сыпатындағы абырайын және де арттырыў мақсетинде:
- 2024-жыл 2-4-октябрь күнлери Ташкент қаласында Креатив экономика бойынша IV Пүткил жер жүзилик әнжуманы (кейинги орынларда – Пүткил жер жүзилик әнжуман) жоқары дәрежеде өткерилсин.
- Ташкент қаласында Креатив экономика бойынша IV Пүткил жер жүзилик әнжуманына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) 1-қосымшаға муўапық қурамда дүзилсин.
Шөлкемлестириў комитети (А.Н.Арипов) Пүткил жер жүзилик әнжуманды жоқары дәрежеде өткериўге ҳәр тәреплеме пуқта таярлық көрсин, министрлик ҳәм уйымлар тәрепинен бул бағдардағы илажлардың өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы ҳәм олардың жумысының муўапықластырылыўын тәмийинлесин.
- Пүткил жер жүзилик әнжуман шеңберинде Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры (кейинги орынларда – Қор):
а) Ташкент қаласында:
Заманагөй көркем өнер орайы жанындағы Арт-резиденциялардың салтанатлы пайдаланыўға тапсырылыўын шөлкемлестирсин;
Француз мәденият орайы, Миллий реставрация орайы жойбарлары, сондай-ақ, Абулқасым медресеси ҳәм «Оҳунгузар» мәдений мийрас объектинде креатив экономика кластерлерин жаратыў жойбарларының презентацияларын өткерсин;
б) Пүткил жер жүзилик әнжуманға мирәт етилген қатнасыўшылар, халықаралық экспертлер, тараў ўәкиллери ҳәм кең жәмийетшиликти тартқан ҳалда:
Стратегиялық реформалар агентлиги менен биргеликте «Креатив экономика ҳаққында»ғы нызам жойбарын жетилистириўди шөлкемлестирсин;
Өзбекстан Республикасында 2030-жылға шекем креатив экономиканы раўажландырыў концепциясы ҳәм оны 2025-2026-жыллары әмелге асырыў бойынша мәмлекетлик бағдарламаның жойбары Пүткил жер жүзилик әнжуманның жуўмағы бойынша ислеп шығылыўын тәмийинлесин.
- Пүткил жер жүзилик әнжуман бағдарламасына муўапық:
а) Қор:
креатив тараў бойынша Министрлер мәжилисин (Ministerial meeting)
дүньяда ҳәм мәмлекетимизде креатив тараў ўәкиллериниң потенциалын көрсетиўге қаратылған арнаўлы көргизбени;
креатив экономика, оның әҳмийети ҳәм Пүткил жер жүзилик әнжуман ҳаққында халықты хабардар етиўге қаратылған семинар ҳәм дөгерек сәўбетлери, мәсләҳәт ушырасыўлары, әмелий сабақлар, презентациялар, салтанатлы сыйлықлаў мәресимлери сыяқлы илажларды өткерсин;
б) Мәденият министрлиги жоқары байрам руўхында мәдений-ағартыўшылық, концерт-тамаша, шоу бағдарламалар, фильмлер көрсетилиўин шөлкемлестирсин;
в) Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы өнерментшилик, әмелий ҳәм сүўретлеў көркем өнериниң өнимлери, естелик саўғалары көргизбе-саўдаларын өткерсин;
г) Туризм комитети мийманханаларда зәрүр орынларды бәнт етсин, қәнигелестирилген саяхатлар бағдарламаларын әмелге асырсын;
д) Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, Ташкент қаласы, Бухара ҳәм Самарқанд ўәлаятларының ҳәкимликлери:
Пүткил жер жүзилик әнжуман ҳәм оның шеңбериндеги илажлар өткерилетуғын орынларда абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларын әмелге асырсын, сахна майданлары ҳәм орынларды жоқары дәрежеде таярласын;
реклама билбордлары ҳәм экранларында Пүткил жер жүзилик әнжуман ҳаққындағы мағлыўматлардың социаллық мәлимлеме сыпатында бийпул жайластырылыўын шөлемлестирсин.
- Креатив экономика бойынша IV Пүткил жер жүзилик әнжуманның Ташкент қаласында өткерилиўине таярлық көриў бойынша илажлар режеси 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- Сыртқы ислер министрлиги Қордың виза талапнамаларына бола, Пүткил жер жүзилик әнжуманда қатнасатуғын сырт ел қатнасыўшыларына Өзбекстан Республикасына кириў визалары консуллық жыйымлары ҳәм ҳақыйқый қәрежетлердиң орнын қаплаў есабынан жыйымларды өндирместен (бийпул), зәрүр жағдайларда Ислам Кәримов атындағы «Ташкент» халықаралық аэропортында рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
- Пүткил жер жүзилик әнжуман ҳәм оның шеңбериндеги илажлар өткерилетуғын орынларда:
Миллий гвардия, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар министрлиги-жәмийетлик тәртип ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў;
Денсаўлықты сақлаў министрлиги – медициналық жәрдем көрсетиў ҳәм санитариялық қағыйдалар, нормалары ҳәм гигиена нормативлерине әмел етилиўи бойынша илажларды көрсин.
- Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги Қор менен биргеликте бир ҳәпте мүддетте ғалаба хабар қураллары ушын барлық зәрүр шараятларға ийе болған Пүткил жер жүзилик әнжуманның баспасөз орайы жумысын нәтийжели жолға қойсын, сондай-ақ, илажды жоқары дәрежеде халықаралық көлемде кеңнен жарытыў ушын сырт ел ғалаба хабар қуралларын тартсын.
- Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры Шөлкемлестириў комитетиниң Жумысшы уйымы болып есапланатуғыны;
«Интерфорум» мәмлекетлик унитар кәрханасы Пүткил жер жүзилик әнжуманды шөлкемлестириўге таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша Бас оператор болып есарланатуғыны;
Министрликлер ҳәм уйымлардың биринши орынбасарлары усы қарарда нәзерде тутылған тапсырмалар, сондай-ақ, Шөлкемлестириў комитети ҳәм Жумысшы уйымның басқа да жедел көрсетпелери өз ўақтында ҳәм сапалы орынланыўы ушын жеке жуўапкер болып есапланатуғыны.
- Бажыхана комитети Қордың буйыртпашыларына муўапық Пүткил жер жүзилик әнжуманын өткериўди шөлкемлестириў ушын алып кирилетуғын ҳәм алып шығылатуғын ўақтыншалық ҳәм турақлы жүклер, әсбап-үскенелер, сондай-ақ, үгит-нәсиятлаў өнимлериниң бажыхана ҳүжжетлери әпиўайыластырылған түрде бажыхана бажысын өндирмеген ҳалда рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.
11.Министрлер Кабинети бир ҳәпте мүддетте Пүткил жер жүзилик әнжуманды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жеделлестириў, оның қаржыландырыў дәреклерин белгилеў ҳәм қәрежетлер сметасын тастыйықлаў бойынша қарар қабыл етсин.
- Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан миллий медиа ассоциациясы, «Дунё» мәлимлеме агентлиги ҳәм басқа да ғалаба хабар қуралларына Пүткил жер жүзилик әнжуманның мәмлекетимизде өткерилиўиниң әҳмийети, бул халықаралық илажға таярлық көриў ҳәм оның шеңбериндеги илажларды ҳәм усы қарар бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
- Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер етип Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қорының баслығы Г.О.Умерова ҳәм Ташкент қаласының ҳәкими Ш.М.Умурзақов белгиленсин.
Қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының Социаллық раўажланыў департаментиниң басшысы О.Қ.Абдурахмоновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2024-жыл 23-август