Президент Пәрманына муўапық (2024-жылы 4-январь, ПП-5-сан), Экология министрлигиниң санитар тазалаў кәрханаларының шығындыларды жүклеў, тасыў, жайластырыў ҳәм таңлап алыў жумысларын орынлайтуғын жумысшылары ҳәм абаданластырыў басқармаларының тазалаў жумыслары менен шуғылланатуғын, узақ ўақыт (кеминде 10 жыл) ҳәм пидәкерлик мийнет еткен жумысшылары ушын ҳәр жылы «Тәбият муўапықлығын қорғаўшы» таңлаўын өткериў усынысына келисим берилди.
Сондай-ақ, келешекте ҳәр жылы «Ең таза мәҳәлле» таңлаўы өткерилип, жеңимпаз болған 14 мәҳәллеге Экология қоры қәрежетлери есабынан:
Мәҳәллениң тийисли қорына шығынды жыйнаў майданшаларын қурыў, мәҳәлледеги социаллық объектлерге шығынды контейнерлерин орнатыў ҳәм тереклерди егиў ушын жәми 500 млн сумнан өткерип бериледи;
Хызметтен пайдаланыў ушын биреўден электромобиль сатып алыў ҳәм тапсырыў илажлары көриледи;
санитар тазалаў кәрханаларының шығындыларды жүклеў, тасыў, жайластырыў ҳәм сайлап алыў жумысларын орынлайтуғын жумысшылары ҳәм абаданластырыў басқармаларының тазалаў жумыслары менен шуғылланатуғын жумысшыларына, экобелсендилерге ҳәм жәмийетлик экология бақлаўшыларына Экология қоры қәрежетлери есабынан ҳәр айда 100 ден велосипед ҳәм басқа сыйлықлар бериледи.
Қарақалпақстан хабар агентлиги