Исландияның қубла-батысында, Гриндавик қаласы жанында Сундхнукур вулканы жарылыўын баслады. Бул ҳаққында RUV хабар берди.
Гриндавик өрт қәўипсизлиги хызмети ўәкили Эйнар Свен Йонссонның мәлим етиўинше, вулкан жарылыўды баслағанынан кейин Гриндавикте айырықша жағдай жәрияланды.
Аймақ халқын эвакуациялаў дерлик жуўмақланған.
Исландия метеорология хызмети ўәкили Бенедикт Офейгссонның айтыўынша, магма шығып киятырған жердеги жарық узынлығы 40 минут даўамында 1,5 километрге созылып, 3,9 километрге жеткен.
Буннан тысқары, пайтахт Рейкявикте жер силкиниў жүз берген, еки ҳәдийсениң өз-ара байланыслы екени ҳәзирше дәлийлленбеген.
Қарақалпақстан хабар агентлиги