Усы жылдың 23-24-август күнлери аралығында Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Низамходжаев Қарақалпақстан Республикасында болды.

Ол быйылғы жылы 27-октябрь күни елимизде болып өтетуғын әҳмийетли сиясий мапазға Қарақалпақстан Республикасында көрилип атырған таярлық жумыслары менен жақыннан танысты.

Дәслеп Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясында болып, бул жерде жаратылған шараятларды көзден өткерди. Сондай-ақ, комиссия ағзалары менен ушырасып, сайлаўға таярлық көриў бағдарында әмелге асырылатуғын илажлар ҳаққында пикир алысты.

Ушырасыў даўамында быйылғы сайлаў процесиндеги өзгешеликлер, нызамшылыққа киргизилген өзгерислер ҳаққында толық ҳәм анық мағлыўматлар берди.  Сондай-ақ,Ю Қарақалпақстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясында сайлаўға көрилип атырған таярлық ҳәм шөлкемлестириў жумысларына жоқары баҳа берип, сайлаў участкаларын үскенелеў ҳәм сайлаўшыларға зәрүр қолайлықлар жаратыў, оқыў-семинарларын шөлкемлестириў, сайлаўды жоқары дәрежеде өткериў бойынша усыныслар берди.

Буннан соң, Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының баслығы Зайниддин Низамходжаев Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети оқыў бинасында қала ҳәм районлық сайлаў участкаларының ўәкиллери ушын шөлкемлестирилип атырған оқыў-семинарына қатнасып, ол жердеги процесслер менен де танысты. Сиясий илаж сайлаў участкаларында болып өтетуғынлығын, участкалық сайлаў комиссияларының жумысы оғада әҳмийетли екенлигин атап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги