27-август күни пайтахтымызда «Өзбекстан ҳәм Әзербайжан: өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң жаңа перспективаллары» темасында гибрид форматтағы онлайн конференция болып өтеди.

Илаж Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық излениўлер институты тәрепинен Әзербайжан Республикасы Халықаралық қатнасықларды таллаў орайы менен биргеликте шөлкемлестириледи.

Әнжуман Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиевтиң Өзбекстанға мәмлекетлик сапары жуўмақларын додалаўға бағышланады.

Илажда Өзбекстан ҳәм Әзербайжан дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм еки мәмлекеттиң жетекши изертлеў орайлары басшылары ҳәм экспертлери қатнасады.

Күн тәртибинен Өзбекстан-Әзербайжан бирге ислесиўиниң бүгинги жағдайы, саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў перспективалары ҳәм еки мәмлекеттиң транспорт-логистика байланысларын раўажландырыў мәселелери орын алған.

ӨзА