Әлбетте, абаданлық шаңарақтан, өз үйиңнен ҳәм өз мәҳәллеңнен басланады. Гүллән халқымыз шембилик илажларына белсене қатнаспақта.
Мойнақ районында да Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлик байрамының 33 жыллығына мүнәсип таярлық көриў мақсетинде мәҳәллелер, турақ жайлар, аллеялар, зыярат орынларында абаданластырыў жумыслары аўызбиршилик пенен алып барылмақта.
Көше бойлары тазаланып, еки бойындағы тереклер ҳәкленип, оларға сулыў көринис берилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги