Мәжбүрий орынлаў бюросы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның аймақлық бөлимлери тәрепинен төлем имтизамына бойсынбаған шахслардан коммуналлық қарыздарлықлар өндирилмекте.
Ҳәзирги ўақытта инсаниятты электр энергиясы менен тәмийинлеў дүнья жүзи көлеминдеги әҳмийетли машқалалардың бири болса да, арамызда пайдаланылған энергия ресурслары ушын төлемлерди өз ўақтында әмелге асырмайтуғын тутыныўшыларда жоқ емес. Бул өз гезегинде басқа тутыныўшыларға электр энергиясын жеткерип бериўде машқалаларды келтирип шығармақта. Коммуналлық төлемлерди өз ўақтында төлемеген тутыныўшылардан жүзеге келген қарыздарлықларды өндириў суд тәртибинде әмелге асырылып, мәжбүрий өндириў Бюро уйымлары тәрепинен алып барылмақта.
Атап айтқанда бюроның аймақлық бөлимлериниң ис жүргизиўинде 2024-жылы жәми 6 миллиард 696,2 миллион сумлық 833 орынлаў ҳүжжети болып, соннан 4 миллиард 705,2 миллион сумлық 640 орынлаў ҳүжжети жуўмақланды. Әмелде 3 миллиард 445,2 миллион сумлық қарыздарлық өндирилди.
Атап айтқанда, Беруний районлар аралық экономикалық судының орынлаў қағазы тийкарында жуўапкер “Супер балықлар” фермер хожалығынан өндириўши “Аймақлық электр тармақлары” акционерлик жәмийетиниң пайдасына 165,2 миллион сум өндириў белгиленген. Бюроның Төрткүл районлық бөлими мәмлекетлик орынлаўшысы тәрепинен алып барылған мәжбүрий орынлаў ҳәрекетлери нәтийжесинде усы қарыздарлық әмелде толық өндирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги