Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Әзербайжан Президенти Илҳом Алиев еки мәмлекет исбилерменлери менен ушырасыў өткерди.

Илажға Әзербайжанның PASHA Holding, SOCAR, SOFAZ, Agalarov Development, Silk Way Group, Matanat, Sarda Group, AzerGold, Azermash, Әзербайжан инвестиция холдинги, «Әзербайжан темир жоллары», «Алят» еркин экономикалық зонасы ҳәм басқа да жетекши компанияларының басшылары ҳәм ўәкиллери қатнасты.

Өзбекстан Президенти исбилерменлерди қызғын қутлықлап, олардың мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық шерикликти кеңейтиўдеги әҳмийетли орнын айрықша атап өтти.

– Сизлер инновацияларды исеним менен енгизип, кәрханалар ҳәм жумыс орынларын жаратып, экономиканың ҳәрекетлендириўши күши болмақтасыз,-деди Шавкат Мирзиёев.

Бундай формада биринши мәрте өткерилип атырған илаж еки мәмлекет саўда-экономикалық бирге ислесиўинде жаңа басқышты баслап беретуғыны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы бүгинги саммиттиң салмақлы нәтийжелери ҳаққында қанаатланыўшылық пенен сөз етти. Сөйлесиўлерде бирге ислесиўдиң кең көлемли күн тәртиби додаланып, перспективалы «өсиў ноқатлары» белгилеп алынды. Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң биринши мәжилиси болып өтти, Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылды.


– Биз мәмлекетлераралық бирге ислесиўдиң ең жоқары басқышына шықтық ҳәм Өзбекстан-Әзербайжан қатнасықларында әмелде жаңа бет аштық,-деди Өзбекстан басшысы.

Сөйлесиўлердиң тийкарғы жуўмақлары сыпатында мәмлекетлеримизде бизнес ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, соның ишинде, биргеликте сыртқы базарларға шығыў бойынша келисимлерге ерисилгени атап өтилди.

Соңғы жыллары бул бағдарда үлкен жетискенликлерге ерисилди. Товар алмасыў көлеми ҳәм қоспа кәрханалар саны бир неше есеге артты, бир қатар кооперациялық жойбарлар табыслы әмелге асырылмақта, аймақлараралық алмасыўлар жеделлести, биргеликтеги Инвестиция компаниясы нәтийжели жумыс алып бармақта.


Буннан тысқары, кеше ғана болып өткен бизнес форумында улыўма баҳасы 2 миллиард доллардан артық келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойылды.

Президентимиз Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери тәрепинен жәрияланған Экономикалық кооперация жылы шеңбериндеги әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыўда мине усы бизнес тийкарғы драйвер болыўы ҳәм шешиўши роль атқарыўы керек екенлигин айрықша атап өтти.

Бул бирге ислесиўдиң 20 тийкарғы бағдары бойынша перспективалы жойбарлар болып есапланады.


– Биз ҳүрметли Илҳам Гейдарович пенен бир пикирдемиз: бирге ислесиў келешеги бизнеске байланыслы, еки мәмлекет арасындағы көп тәреплемели қатнасықлардың ертеңги күни сизлерге байланыслы,-деп жуўмақлады Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимиз басшысы исбилерменлердиң нәтийжели ҳәм қолайлы жумыс алып барыўы ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылатуғынын атап өтти.

Өз гезегинде, еки мәмлекеттиң жетекши компанияларының басшылары көрсетилип атырған итибар ушын Өзбекстан ҳәм Әзербайжан Президентлерине миннетдаршылық билдирип, жаңа кооперациялық жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық режелери ҳаққында мағлыўмат берди.

Ушырасыў соңында мәмлекет басшылары кооперациялық жойбарларды иске қосыў мәресиминде қатнасты.

Ташкент қаласында мийманхана ҳәм турақ жай комплекслерин қурыў, Қашқадәрья ўәлаятында қурылыс материалларын ислеп шығарыў, Әзербайжанда тоқымашылық кластерлери ҳәм тигиўшилик фабрикасын шөлкемлестириў ҳәм басқа да жойбарлар солардың қатарына киреди.

Президентлер бул жойбарларға старт берип, олар өз-ара товар алмасыў көлемин арттырыў, заманагөй өндирис қуўатларын ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыўға хызмет ететуғынын атап өтти.

ӨзА