23-август күни Көксарай резиденциясында мәмлекетимизге мәмлекетлик сапар менен келген Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиевти салтанатлы күтип алыў мәресими болды.
Еки мәмлекет байрақлары менен безелген майданда Әзербайжан Президенти ҳүрметине ҳүрметли қараўыл сап тартты.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жоқары мәртебели мийманды қызғын күтип алды ҳәм минберге мирәт етти. Өзбекстан ҳәм Әзербайжан мәмлекетлик гимнлери жаңлады.
Жетекшилер ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.
Биргеликте сүўретке түскеннен соң, мәмлекет басшыларының тар шеңбердеги сөйлесиўлери басланды.
ӨзА