Статистика агентлигиниң мағлыўматларына бола, 2024-жылдың январь-июль айларында Өзбекстан дүньяның 187 мәмлекети менен саўда қатнасықларын әмелге асырып, сыртқы саўда айланысы көлемин 36,8 миллиард АҚШ долларына жеткерген.

Өзбекстан сыртқы саўда айланысында ең ири үлеске ийе  мәмлекетлер – Қытай (18,6 процент), Россия (18,5 процент), Қазақстан (6,2 процент), Түркия (4,6 процент) ҳәм Корея Республикасы (3,2 процент).

Мәмлекетимиздиң экспорт көлеми – 14,8 миллиард доллар, импорт көлеми – 22 миллиард доларды қураған деп хабар береди xs.uz.

Қарақалпақстан хабар агентлиги