Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев өмирлик жолдасы менен бирге 22-август күни мәмлекетлик сапар менен елимизге келди.
Ташкент қаласы халықаралық аэропортында оларды Өзбекстан Республикасы Бас министри ҳәм басқа рәсмийлер күтип алды.
Уллы мәртебели мийман ҳүрметине еки елдиң мәмлекетлик байрақлары көтерилип, ҳүрметли қараўлы сап тартты.
Өзбекстан ҳәм Әзербайжан – еки туўысқан халық арасындағы мәдений байланыслар барлық дәўирлерде де жүдә жыллы болған. Бул қатнасықлардың тамырының тереңлиги ҳаққында ойлар екенсиз, халқымыздың бир гәпи еске түседи. Дослықтың ескиси, ҳәр қыйлы сынақлардан шегинбей өткени жақсы, дейди жасы үлкенлеримиз.
Бүгин тарийхый татыўлық ҳәм туўысқанлық қатнасықлары және де раўажланып, жаңа дәрежеге көтерилди. Оған кейинги жыллары еки мәмлекет жетекшилериниң сөйлесиўлери мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықларды және де жанландырып жиберди. Бул байланыслар болса арадағы бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шерикликти раўажландырып, белгилеген шеклерге тезирек ерисиўде үлкен әҳмийетке ийе болып келмекте.
Әзербайжан Республикасы Президенти Ташкент қаласына келгеннен соң, Өзбекстан Республикасы Бас министри менен биргеликте Гейдар Алиев естелигиниң комплексине барды.
Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен қурылған бул комплекс Әзербайжан Президентиниң 2022-жыл июнь айындағы мәмлекетимизге сапары ўақтында ашылған еди.
Уллы мәртебели мийман естеликке гүл қойып, белгили сиясий ҳәм мәмлекетлик ғайраткер, ғәрезсиз Әзербайжанның тийкарын салыўшысы Гейдар Алиев естелигине ҳүрмет көрсетти.
Буннан соң Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев «Жаңа Өзбекстан» паркине барды.
Жоқары мәртебели мийман «Жаңа Өзбекстан» паркиндеги Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.
Комплекс пенен қысқаша танысыў тийкарында Әзербайжан Республикасы делегациясының ўәкиллерине бул ансамбльдиң мазмуны ҳәм архитектуралық шешимлери ҳаққында мағлыўмат берилди.
«Жаңа Өзбекстан» парки ҳәм Ғәрезсизлик монументи ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллығына бағышлап қурылған.
Үш мың жылдан аслам дәўир – ана Ўатанымыз аймағындағы миллий мәмлекетшилик тарийхының тамырлары соншедди терең. Монументке итибар қаратқан адам мине, усы аўыр өтмиштиң көркем сәўлеленгениниң гүўасы болады.
Жоқары мәртебели мийманлар, рәсмий сырт ел делегацияларының мәмлекетимизге сапары шеңберинде бул жердеги монументке гүл қойыў дәстүрге айланған.
Делегация ағзалары комплексте сәўлелендирилген илимпазлар, уллы сәркарда ҳәм батырлар, жадид бабаларымыздың тулғаларына итибар қаратты.
Сапардың тийкарғы илажлары 23-август күни болып өтеди.
Сапардың бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилери басшылығында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң биринши мәжилиси өткерилетуғыны режелестирилген.
Саммит күн тәртибинен Өзбекстан – Әзербайжан стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплемели бирге ислесиў қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиў мәселелери орын алған.
Президентлердиң еки мәмлекеттиң бизнес ўәкиллери менен ушырасыў өткериўи, бир қатар исбилерменлик ҳәм мәдений илажларда қатнасыўы да нәзерде тутылған.
З.ЖОНИБЕКОВ,
И.АВВАЛБОЕВ,
ӨзАның хабаршылары