Apple корпорациясы 2024-жылы технология компаниялары ең қымбат брендлер рейтингинде биринши орынды ийеледи. Brand Finance халықаралық консалтинг шөлкеми усынған есабаттан соң бул белгили болды.

Apple брендиниң баҳасы 2023-жылдан берли 74 процентке өсип, 516,6 млрд.долларға жетти.

Рейтингте Microsoft бренди екинши текшеден орын алды – 340,4 млрд. доллар (78 процентлик өсиў).

Үшинши – Google (333,4 млрд. доллар), төртинши – Amazon (308,9 млрд.доллар).

Бир жылда баҳасы ең көп өскен (163 процент) Nvidia компаниясы 19-орыннан 10-орынға көтерилди – 44,5 млрд. доллар.

Қарақалпақстан хабар агентлиги