Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев Өзбекстан Республикасы Бас министри Абудлла Арипов пенен биргеликте «Жаңа Өзбекстан» паркине барды.
Жоқары мәртебели мийман «Жаңа Өзбекстан» паркинде Ғәрезсизлик монументине гүл қойды.
Комплекс пенен қысқаша танысыў барысында Әзербайжан Республикасы делегациясы ўәкиллерине бул ансамбльдиң мазмуны ҳәм архитектуралық шешимлери ҳаққында мағлыўмат берилди.
«Жаңа Өзбекстан» парки ҳәм Ғәрезсизлик монументи ғәрезсизлигимиздиң отыз жыллығына арнап қурылған.
Үш мың жылдан аслам дәўир – ана Ўатанымыз аймағындағы миллий мәмлекетшилик тарийхы тамырлары оғада терең. Монументке итибар қаратқан адам мине сол аўыр өтмиштиң көркем көринисине гүўа болады.
Жоқары мәртебели мийманлар, рәсмий сырт елли делегациялардың мәмлекетимизге сапары шеңберинде бул жердеги монументке гүл қойыў дәстүрге айланған.
Делегация ағзалары комплексте сәўлелендирилген ойшыллар, уллы сәркарда ҳәм әскербасылар, жәдид бабаларымыздың келбетине итибар қаратты.
З.ЖОНИБЕКОВ,
Н.ҲАЙДАРОВ (сүўрет), ӨзА