Тақыятас районындағы «Сүўенли НДН» хожалықлар аралық каналы Кенегес, Сарайкөл аўыл пуқаралар жыйыны аймақларындағы 21 фермер хожалығының ҳәм халықтың қыйтақ жерлериниң жәми 2 мың 875 гектарлық майданын суў менен тәмийинлеўге хызмет етеди.
Соңғы ўақытлары каналдың түбин ылай басып, жағаларының айырым жерлериниң опырылыўы нәтийжесинде суў өткериў қәбилети төменлеп, егислик майданларды кепилликли суў менен тәмийинлеўде машқалалар пайда болмақта.
Ҳүкиметимиздиң тийисли қарары ҳәм бағдарламалары тийкарында Тақыятас районындағы «Сүўенли НДН» хожалықлар аралық каналының 25,4 километрлик бөлегин оңлаў-қайта тиклеў жумысларын әмелге асырыў белгиленди.
Суў хожалығы министрлиги тәрепинен тастыйықланған ҳәптелик реже-графикте белгиленген ўазыйпалар шеңберинде суў хожалығы объектлеринде қурыў, реконструкциялаў, оңлаў-қайта тиклеў жумысларын талқылаў ҳәм алдағы ўазыйпаларды белгилеп алыў бойынша усы каналдың оңлаў-қайта тиклеў жумыслары үйренилди.
Үйрениў даўамында анықланғанындай, «Сүўенли НДН» хожалықлар аралық каналының белгиленген 25,4 километрлик бөлегинде оңлаў-қайта тиклеў жумыслары жумысты бөлип алып ислеўши «VORIS CHINA» ЖШЖ қоспа кәрханасы тәрепинен алып барылмақта. Бүгинги күнде 7 километрлик бөлегинде топырақ қазыў жумыслары орынланған. Ҳәзирги ўақытта объектте жәми 7 арнаўлы техника ҳәм 10 жумысшы-хызметкерлер жумыс алып бармақта.
Илаж даўамында «Қарақалпақстансуўқурылысинвест» мәмлекетлик кәрханасы жуўапкерлери тәрепинен жумысты бөлип алып ислеўши «VORIS CHINA» ЖШЖ қоспа кәрханасының жуўапкерлери ҳәм жумысшы хызметкерлерине оңлаў-қайта тиклеў жумысларын белгиленген мүддетлерде сапалы әмелге асырыў бойынша тийисли тапсырмалар берилди.
Мағлыўмат ушын, оңлаў-қайта тиклеў жумыслары әмелге асырылғаннан кейин усы каналдың суў өткериў қәбилети секундына 5,5 метр кубқа ҳәм пайдалы жумыс коэффиценти 0,85 ке жеткерилип, фермер хожалықлары атызларының ҳәм қыйтақ жерлердиң суў тәмийнаты жақсыланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.