Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәтине бола Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳом Алиев 22-23-август күнлери мәмлекетлик сапары менен мәмлекетимизде болады.
Сапар бағдарламасына муўапық, Ташкент қаласында Өзбекстан ҳәм Әзербайжан жетекшилериниң басшылығында жоқары дәрежедеги сөйлесиўлер ҳәм Мәмлекетлераралық жоқары кеңестиң биринши мәжилиси өткерилиўи режелестирилген.
Саммит күн тәртибинен Өзбекстан-Әзербайжан стратегиялық шериклик ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиў қатнасықларын және де тереңлестириў ҳәм кеңейтиў мәселелери орын алған.
Өз-ара товар алмастырыўды көбейтиў, кооперация жойбарларының жаңа портфелин қәлиплестириў, исбилерменлик байланысларды, соның ишинде, аймақлараралық алмасыўды раўажландырыў, транспорт-коммуникация потенциалын әмелге асырыў, мәдений-гуманитарлық қатнасықларды жеделлестириў ҳәм басқа мәселелер дыққат орайында болады.
Президентлер еки мәмлекет бизнесиниң ўәкиллери менен ушырасыў өткериўи, бир қатар исбилерменлик ҳәм мәдений илажларда қатнасыўы да нәзерде тутылған.
ӨзА