Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «Нөкис жаслар технопарки жумысын және де жеделлестириў ҳаққында»ғы қарар қабылланды.

Оған муўапық, Өзбекстан Республикасы Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Инновациялық раўажланыў агентлиги ҳәр жылы кеминде бир мәрте:

тийисли аймақлардағы социаллық-экономикалық машқалалардың шешимине қаратылған жаңа түрдеги өним ҳәм технологиялық шешимлердиң прототиплерин жаратыў ушын өз алдына стартап жойбарлар таңлаўын жәриялаўы;

қағыйда бойынша, ҳәр жылы октябрь айында Аралбойы регионында экологиялық машқалалар шешимине қаратылған жойбарларды әмелге асырыў бойынша конференция өткериўи;

Экономика тараўларындағы кәрханалар ҳәм жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары менен биргеликте енгизиўге таяр жойбарлар көргизбесин өткериўи белгилеп берилген.

Агентлик тәрепинен Нөкис жаслар технопарки ҳәм аймақларда шөлкемлестирилип атырған Жаслар технопарклериндеги табыслы стартап жойбарлары қоллап-қуўатланады, олардың авторларын робототехника, мехатроника, информациялық технологиялар, жасалма интеллект, қурылыс ҳәм аўыл хожалығы бағдарлары бойынша ҳәр жылы қысқа мүддетли сырт елге стажировкаға жибериў бойынша өз алдына таңлаў өткериледи.

Агентлик тәрепинен илимий-инновациялық акселератор ҳәм бизнес- инкубаторларды шөлкемлестириў тийкарында басламашы студент жасларды исбилерменлик жумысына бағдарлаў мақсетинде 2025-жылдан баслап технопарклерде «InnoX» бизнес-инкубатор бағдарламасы жолға қойылады.

«InnoX» бизнес-инкубатор бағдарламасы жеңимпазларының илимий идея, стартап ҳәм илимий жойбарлары «Бўлажак олим» таңлаўы шеңбериндеги қәрежетлер есабынан қаржыландырылады.

ӨзА