20-август күни мәмлекетимиз басшысының исбилерменлер менен ушырасыўы Нөкис қаласында өткерилиўи белгиленген еди. Усы мүнәсибет пенен Қарақалпақстанға келген Президентимиз сапар шеңберинде Кегейли районы, «Жүзимбағ» АПЖда жүзимгершилик пенен шуғылланып атырған бир қатар жаслар менен ушырасты.

Ушырасыў даўамында өзим республикамыз жасларының бир ўәкили сыпатында ҳүрметли Президентимизге бир қатар усынысларды бердим.

Атап айтқанда, аймағымызда сондай жаслар бар, өзлериниң финанслық жағдайына бола бахыт тойын өткере алмаған. Биз үйренип шыққанымызда, бундай шаңарақлардың ҳәр бирине орташа 15 млн сум қаржы керек болатуғыны ҳәм бундай жағдайдағы 100 ден аслам шаңарақ бар екенлиги белгили  болды.

Усыны есапқа алғанда, ҳүрметли Журтбасшымызға бундай шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бойынша усынысымды билдирдим ҳәм Президентимиз буған жуўап ретинде 100 емес 200 шаңараққа жәрдем беретуғынын атап өтти. Бул не дегени, бул арқалы 200 шаңараққа бахыт кирип барады. Бүгинги күнине шүкиршилик сезими оянады.

Мени бир нәрсе қуўандырады, мәмлекетимиз басшысы жаслардың усынысларын тыңлап, мүрәжатлерин шешип бериўге ҳәмийше таяр. Мениң өзим де тек ғана бир усыныс пенен шекленип қалған жоқпан. Екинши усынысым, «Жаслар дәптери» бойынша төлемли контракт пулларын төлеп бериўде студентлердиң белсендилигин есапқа алыўдан ибарат.

Бунда студентлерге контракт пуллары төлеп берилиўи ушын, жәмийетлик жумысларға бесене қатнасыўы, билимлендириў көрсеткишлери кеминде 78 баллдан ибарат болыўы талап етиледи.

Бул арқалы неге ерисемиз? Буның нәтийжесинде студентлер өзлериниң үстинде көбирек ислеп, билимлерин еле де жетилистириўге ериседи.

Үшинши усынысым, жыл басынан «Жаслар дәптери» балансындағы қаржыларды банкке қойыў ҳәм бул арқалы тийкарғы қаржыны сақлап қалған ҳалда, оның процентинен пайда болған пулларды жаслардың машқалаларын унамлы шешиўге жумсаўдан ибарат.

Сол қатары, қарақалпақстанлы жаслар да Президентимиз бенен ашықтан-ашық сәўбетлесип, мүрәжатлерин жоллаўға миясар болды. Яғный, бир жастың музлатқыш қурып бериў бойынша мүрәжаты унамлы шешим тапқан болса, дийқаншылықтан тапқан пулы есабынан үйлениўди нийет еткен және бир жастың тойы өткерилип берилетуғын болды.

 

Полат Махсетбаев,

Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.