Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 20-август күни “Air Products” компаниясы президенти ҳәм бас атқарыўшы директоры Сейфи Гасемиди қабыллады.

Өзбекстанда жоқары технологиялық санаат кәрханаларын шөлкемлестириўге жедел инвестиция киргизип атырған жетекши халықаралық компаниялардан бири менен өз-ара пайдалы стратегиялық бирге ислесиўди және де кеңейтиўдиң әмелий тәреплери көрип шығылды.

Бүгинги күнде мәмлекетимизде “Air Products” пенен биргеликтеги жойбарлар портфели 2,5 миллиард доллардан артты.

Углеводородларды терең қайта ислеў ҳәм химиялық өнимлерди ислеп шығарыў тараўында инновациялық жойбарларды әмелге асырыў, аўыл хожалығында алдынғы технологиялық шешимлерди енгизиў, сондай-ақ, энергетика ҳәм химия тармақлары ушын жоқары маман қәнигелер таярлаў бойынша келисимлерге ерисилди.

ӨзА