Бул ҳаққында Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўинде атап өтилди.

– Жер жүзиндеги жағдайды көрип турсыз. Дәстүрий базарларды сақлап қалыў, жаңаларына кирип барыў, оның ушын логистика маршрутларын диверсификациялаў күн сайын үлкен әҳмийетке ийе болып бармақта. Не ушын быйылғы ашық сөйлесиўди әйне Қаврақалпақстанда өткерип атырмыз! Себеби Қарақалпақстанға инвестиция киргизип, бизнес ислеўдиң басқа аймақларға қарағанда 3 үстинлиги бар. Бириншиси – Қарақалпақстанда бизнес ушын ҳеш бир аймақта жоқ 50 ден аслам жеңилликлер пакети ислеп берилген. Екиншиси – Қарақалпақстанда жер ажыратыўдың әпиўайы системасы енгизилген. Үшиншиси – үлкен базарларға шығыў ушын ең қолайлы аймағымыз, бул – Қарақалпақстан,-деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы қарақалдпақстанлы исбилерменлерди келген мийманларға бул жердеги шараятларды көрсетиў, жойбар ислеў бойынша биргеликте усыныслар ислеп шығыўға шақырды ҳәм барлығын қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирди.

Ашық сөйлесиўдиң жуўмағы менен «Қарақалпақстанда бизнес ислең» бағдарламасының қабыл етилетуғыны белгиленди.

Соң мәмлекетимиз басшысы исбилерменлердиң әмелий пикир-усынысларын тыңлап, олар менен пикир алысты.

Президент шығып сөйлеген исбилерменлерге билдирген пикирлери, жаңадан-жаңа жумыс орынларын жаратып, адамларды дәраматлы етиўге, кәмбағаллықты қысқартыўға беккем бел байлаўға таяр болғаны ушын миннетдаршылық билдирди.

– Сизлер тыныш, еркин ҳәм абадан турмысымыздың гиреўисизлер, десек, қәте болмайды деп ойлайман.

«Исбилермен-елге мәдеткар» деген нақылда терең мәни бар. Бирақ, сондай үлкен жуўапкершиликти мойнына алған исбилерменниң өзине ким мәдеткар! Егер қайсы ҳәким өз аймағының гүллеп-жайнап, раўажланыўын қәлесе, бәринен бурын, исбилермен ҳәм және бир мәрте исбилерменге ҳақыйқый мәдеткар болыўы керек. Ҳүрметли исбилерменлер ҳеш нәрседен қорықпаң. Билиң артыңызда, Президент тур,-деди мәмлекетимиз басшысы сөзиниң жуўмағында.

Көтерилген мәселелер бойынша нызам жойбарларын ислеп шығыўды жеделлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ҳүкиметке додаланған мәселелер шешимине қаратылған барлық ҳүжжетлерди өз ўақтында ҳәм сапалы киргизиў тапсырылды.

ӨзА