Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
Көшпес мүлктиң бузылыўы бойынша компенсация төлеўден ҳәзирге шекем машқалалар бар екенлиги атап өтилди.
Ҳәзирде бул қәрежетлер ўәлаят бюджети есабынан қапланбақта. Бирақ айырым ўәлаятлардың бюджетинде қаржы аз қалып атырғанлығы ушын исбилерменниң пулын қаплап бериў 5-6 жылға созылып кетпекте.
Ендигиден былай жер саўдасынан түскен қаржылар бәринен бурын бузылыўлар бойынша исбилерменлерден қарызды сөндириўге қаратылады.
ӨзА