Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
Кредит алды-бердисинде банк те, исбилермен де тәўәкел етеди. Бирақ, әмелиятта банктиң ҳуқық ҳәм ўәкилликлери исбилерменге қарағанда көбирек.
Мәселен, кредит ўақтында қайтпаса, гиреўге қойылған мүлк шәртнама дүзилген ўақыттағы баҳасында сатыўға шығарылады. 3-4 жыл алдын кредит алынғанда 100 миллион сумға баҳаланған мүлктиң бүгинги баҳасы 30-40 процеент қымбатласа, оны қалайынша ески баҳасында сатыў мүмкин, деп сораў қойды Президент.
– Дурыс, машқалалы кредит пенен қатты шуғылланыў керек, бирақ бул исбилерменди «сапластырыў» есабынан болмаўы зәрүр,-деди мәмлекетимиз басшысы.
Ендигиден былай гиреўдеги мүлкти саўдаға шығарыўдан алдын оның ҳәзирги базар баҳасы анықланатуғын, қайтпаған қарыздарлық гиреў баҳасының 15 процентинен аз болса өндириў мүлкке қаратылмайтуғын система жаратылады. Банк қарыйдарға қарызды басқа дәрек есабынан қаплаўға имканият береди.
ӨзА