Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.

Соңғы еки жылда базарға кириўдеги 13 эксклюзивлик ҳуқық бийкар етилген еди. Жақында және 7 си бийкарланады. Бул арқалы 1,5 мыңнан аслам исбилерменлер ушын базарға кириў имканияты жаратылады.

Мысал ушын, мийманхана жумысын сертификатлаў менен аккредитациясы бар барлық кәрханалар шуғылланыўы мүмкин болады.

Яки, Қурылыс министрлигиндеги «Ашық қурылыс» системасы арқалы тендер саўдалары ушын ҳүжжетлерди тек ғана министрлик жанындағы консалтинг орайлары таярлап бермекте.

Енди 1-октябрьден Исбилерменлик рейтинги сыяқлы «Ашық қурылыс» системасын исбилерменлердиң өзи жүргизеди. Консалтинг орайлары функциялары толық жеке секторға өткериледи.

Президент исбилерменлер усыныс берсе, мәмлекетлик уйымлар көрсетип атырған басқа хызметлерди де жеке секторға бериўге таяр екенлигин билдирди.

ӨзА