Бул ҳаққында Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен болып атырған сөйлесиўинде атап өтилди.
Быйыл стартапларға биринши мәрте 134 миллион доллар инвестиция кирип келди. Бул тараўда жумысын нольден баслап, айланысын 10 миллион доллардан арттырған 50 ден аслам жергиликли компания пайда болды.
Соның ушын, стартапларды «аяққа турғызыў» ушын венчур қорлардың жумысы жолға қойылады. Оның ушын IT парк те 10 миллион долларлық қор шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, стартап сырт елден келген ҳәр 1 доллар инвестициясына мәмлекет те 1 доллар ресурс береди. Стартап қолланбаларын патентлеў ҳәм саўда белгилерин дизимнен өткериў сыяқлы қәрежетлерди мәмлекет қаплап береди.
Улыўма, бул тараўға 50 миллион доллар қаратылады.
ӨзА