Бул ҳаққында Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен өтип атырған ашық сөйлесиўде атап өтилди.

Жылына 250 триллион сумнан аслам мәмлекетлик сатып алыўлар әмелге асырылмақта. Сол себепли, мәмлекетлик сатып алыўларда жергиликли өнимлердиң үлесин арттырыў ўақыты келди.

Келеси жылғы мәмлекетлик инвестиция бағдарламасындағы ҳәр бир жойбар бойынша жергиликли өнимлердиң үлеси қанша болыўы анық белгиленеди. Мәмлекетлик сатып алыўда енди жергиликли өнимниң үлесин арттырыў хошаметленеди.

Соның ишинде, энергетика, нефтьгаз, химия, металлургия, темир жол сыяқлы тармақлардағы ири кәрханалар 2-3 жыллық буйыртпаларын кооперация порталына алдыннан жайластырады.

Жергиликли кәрханалар болса усы буйыртпалар тийкарында жаңа түрдеги өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қояды. Олардың жойбарларына дәслепки басқышта 100 миллион доллар бағдарлайды.

ӨзА