Мәмлекетимиздиң жети айлық экспорты 13 процентке өсип, 10 миллиард доллардан асты, бурын экспорт етилмеген 1 мың 610 кәрхана сыртқы базарларға шықты. Президент жергиликли кәрханалардың сыртқы базарға шығыўын қоллап-қуўатлайтуғынын ҳәм избе-из даўам еттирилетуғынын атап өтти.

Атап айтқанда, Жәҳән саўда шөлкемине 2026-жылы ағза болыў бойынша үлкен қәдемлер қойылмақта.

«Бул шөлкемге кириў – терең ойланған ҳәм узақты гөзлеген таңлаў, қалаберди, реформаларымыздың ажыралмас бир бөлеги. Бирақ айырымлар оған гүман менен қарамақта, басқалар «кәрханалар сынады, импорт басып кетеди» деген қорқыныш пенен жүр.

Бир затты түсиниў зәрүр, импорт бажылары ислейди. Соның ушын, шөлкем ағзалары менен сөйлесиўлер өткерип атырмыз.

Ертеңги күнимиз – бул теңдей бәсеки орталығы ҳәм экспортқа қаратылған санаат ҳәм саўда сиясаты. Экономикамызға алдынлары протекция қандайда бир мәниде керек еди. Және усы жолда даўам етсек, имканиятларымыз шекленип қалады. Себеби, халықаралық өндирис шынжырларына кирмесек, экономикалық өсиў биз күткендей болмайды»,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги