Бул ҳаққында Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўинде атап өтилди.
Мысалы, 100 миллион сумға шекем микрокредит тек ғана 9 процент исбилерменлердиң талабы ушын жетерли екени мәлим болды. Соның ушын, микрокредитлердиң муғдары 3 есеге арттырылып, 300 миллион сумға жеткериледи. Онда кредиттиң 100 миллион сумға шекемги бөлегине гиреў талап етилмейди.
Бул мақсетке бир жылда 10 триллион сум бериледи.
Енди Исбилерменлик компаниясының филиалы ҳәр бир ўәлаятта шөлкемлестириледи. Компания ҳәм оның филиаллары аймақларда потенциалы бар исбилерменлерди анықлайды.
Компанияның кепилликлери жақсы кредит тарийхы ҳәм жоқары турақлылық рейтингине ийе исбилерменлерге бериледи.
ӨзА