Нөкис қаласында Президент Шавкат Мирзиёевтиң исбилерменлер менен ашық сөйлесиўи даўам етпекте.
Президентимиздиң атап өткениндей, «тексерсе – қорқады, қорықса – салық төлейди», деген көзқарас пенен жумыс жүрмейтуғынын ҳәмме, әсиресе салықшылар түсинип жетти.
Әпиўайыластырып айтқанда, мәпдар исбилермен менен сөйлесиўге үйретилип, бизнес орталығын жақсылаў бойынша түпкиликли бурылыс жасалды.
Алты айда тиккелей сырт ел инвестициясы көлеми өткен жылға салыстырғанда 2 есеге өсип, 14 миллиард долларға жетти.
Бул- инвесторлардың Өзбекстанда бизнес ислеўге исеними артып баратырғанынан дәрек береди.
ӨзА