Президент раўажланған мәмлекетлерде өз бизнесин жолға қойған, үлкен-үлкен нәтийжелери менен елимиздиң атын сырт еллерге танытып атырған көплеген ўатанласларымыз бар екенлигин атап өтти.
Бүгинги ушырасыўда 40 тан аслам әне усындай ўатансүйиўши, исбилермен бизнес ўәкиллери қатнаспақта.
Күни кеше алдыңғы бизнес ўәкиллеринен 37 си орден ҳәм медальлар менен, 104 и «Фаол тадбиркор» көкирек белгиси менен сыйлықланды.
Пурсаттан пайдаланып, мәмлекетимиз басшысы оларды шын кеўилден қутлықлап, пидәкерлик мийнети ушын өзиниң атынан, пүткил халқымыз атынан қызғын миннетдаршылық билдирди.
«Сизлер жаңалық жаратыўдан, басламалар көрсетиўден шаршамаңлар. Сизлерди қоллап-қуўатлаўға және де қолайлы шараятлар жаратып бериўге мен бәрқулла таярман!», – деди Президент
ӨзА