Пүткил мәмлекетимизде болып атырған кең көлемли өзгерислерди Қарақалпақстан мысалында анық көриў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Бүгинги қәўип-қәтерли ҳәм қурамалы заманға қарамастан, экономикамыз  турақлы өсип баратырғаны, дүньядағы абырайлы халықаралық шөлкемлер, сырт еллердиң шөлкемлери оны тән алып атырғаны атап өтилди.

Жақында Халықаралық валюта қоры мәмлекетимиздиң жалпы ишки өними биринши мәрте 100 миллиард доллардан артқанын тастыйықлады.

Усындай жоқары шекке ерисиўде алдыңғы технологиялар тийкарында заманагөй кәрханалар ашып атырған, жүз мыңлаған жаңа жумыс орынларын жаратып атырған ҳәм дүнья базарларына жедел кирип баратырған күш-ғайратлы исбилерменлердиң үлеси шексиз екени атап өтилди.

ӨзА