Исбилерменликти раўажландырыў мәмлекетимиз экономикасыныӊ  раўажланыўында, жаӊа жумыс орынларыныӊ  жаратылыўында үлкен әҳмийетке ийе.

Соӊғы жылларда Президентимиз тәрепинен исбилерменлерге қаратылып атырған айрықша итибардың нәтийжесинде исбилерменлик субъектлери өз алдына қойған мақсетлерине еркин, қыйыншылықсыз ерисип келмекте. Себеби, исбилерменлик субъектлерин қоллап-қуўатлаў ҳәм оларға жәрдем бериў бойынша ҳукиметимиз тәрепинен бир қанша жеӊилликлер ҳәм қарарлар шығарылған.

Қарақалпақстан Республикасында 2024-жылдыӊ январь-июнь айларында  дийқан ҳәм фермер хожалықларын қоспай есаплағанда 1893 кәрхана ҳәм шөлкем тазадан ашылған болып, солардан 1792 си киши бизнес субъектлери болып есапқа алынған. Мүлкшилик түри бойынша олардан 1462 си жуўапкершилиги шекленген жәмийет, 241 и шаӊарақлық кәрхана, 62 си жеке кәрхана, 27 си өндирислик кооперативлер сыпатында дизимнен өткен.

Сондай-ақ, дизимге алынған кәрханалардың саны 33 мың 162 болса, соннан, ҳәрекеттегиси 24 226 кәрхана болып, өткен жыл менен салыстырғанда 100,1% ке көбейген.

Ҳәрекеттеги кәрханалардан саўда тараўында 7176 (үлеси 29,6%), аўыл, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы тараўында 2824 (11,7%), санаат тараўында 3175 (13,1%), қурылыс тараўында 1709  (7,1%) турмыслық ҳәм аўқатланыў бойынша хызметлер тараўларында 1307 (5,4%), тасыў ҳәм сақлаў тараўында 907 (3,7%), мәлимлеме ҳәм байланыс тараўларында 489 (2,0%), денсаўлықты сақлаў ҳәм социаллық хызметлерди көрсетиўде 505 (2,1%), басқа хызмет түрлери бойынша 6134 (25,3%) кәрхананың экономикамызда үлес қосып атырғанын атап өтсек болады.

2024-жыл 1-июль жағдайына хәрекеттеги сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың саны 259 ды қурайды. Бул көрсеткиш өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 45 ке, яғный 12,1 процентке өскен. Булар Қытай Халық Республикасы, Россия Федерациясы, Қазақстан Республикасы, Қубла Корея Республикасы ҳәм басқа да мәмлекетлердиң қатнасыўындағы сырт ел инвестор кәрханалары болып есапланады.

2024-жылдың январь-июль айына 31 сырт ел капиталының қатнасыўындағы кәрхана жаңадан ашылған болып, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 19 кәрханаға көбейгенлигин атап өтиўимизге болады.

 

Бисенбай Дарибаев, 

Статистика басқармасының статистикалық

регистрлерди жүргизиў бөлиминиң баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги