Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Муққадес ислам дини илимлериниң раўажланыўына шексиз  үлес қосқан уллы алым, ўатанласымыз Имам Абу Иса Муҳаммад Термизийдиң (кейинги орынларда – Имам Термизий ) үлкен илимий мийрасын және де терең үйрениў, халқымыз хәм дүнья жәмийетшилиги арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў, усы бағдарда алып барылып атырған изертлеўлерди қоллап-қуўатлаў, жас әўладтың руўхый-ағартыўшылық дүньясын байытыў, олардың жүрегинде миллий  мақтаныш, Ўатанға болған муҳаббат ҳәм садықлық  сезимин және де күшейтиў мақсетинде:

  1. Дин ислери бойынша комитет, Өзбекстан мусылманлары уйымы, Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги, Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайының 2024-жыл октябрь айында Имам Термизий туўылған күниниң 1200  жыллығын  кеңнен белгилеў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
  2. Имам Термизий туўылған күниниң 1200 жыллығына бағышланған илажларды өткериў хәм мәмлекетлик уйымлардың жумысын муўапықластырыў бойынша шөлкемлестириў комитети ( кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети)  дүзилсин және оның қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  3. Шөлкемлестириў комитети ( А.Арипов) бир хәпте мүддетте Имам Термизий туўылған күниниң 1200 жыллығын жоқары дәрежеде белгилеў бойынша, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғын  илажлар бағдарламасын тастыйықласын:

Имам Термизийдиң  “Аш-Шамоил ал- Мухаммадийя”  хәм  ” Сунани Термизий ” шығармаларын мотуридийлик илим хәм ханафийлық сектаға сүйенген көп томлық академиялық аўдарма  хәм түсиндирмелерин таярлаў және оларды басып шығарыў;

Имам Термизийдиӊ өмири ҳәм илимий мийрасыныӊ мазмунын ҳәм бүгинги күндеги әҳмийетин ашып беретуғын илимий-ғалабалық ҳүжжетли фильм жаратыӯ ҳәм сахналастырылған спектакль көргизбесин шөлкемлестириӯ;

Имам Термизийдиӊ туӯылған күниниӊ 1200 жыллығына бағышланған естелик сувенирлерин сатыӯға шығарыӯ және оныӊ почта маркалары, тағыншақлар, оныӊ өмири ҳәм илимий мийрасын сәўлелендирип беретуғын басқа да көргизбели мәлимлеме қураллары дүркинин жаратыў;

2024-жыл октябрь айында Ташкент қаласында «Ислам – тынышлық ҳәм жақсылық дини» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция шеӊберинде Термиз қаласында «Имам Термизий илимий мийрасыныӊ ислам цивилизациясында тутқан орны» темасында халықаралық илмий-әмелий әнжуман өткериӯ;

Имам Термизий зыярат етиў орнына алып баратуғын жол инфраструктурасын жақсылаӯ, соныӊ ишинде, естелик  объектин ҳәм оған тутас аймақларды абаданластырыӯ;

Сурхандәрья ӯәлаяты Шерабад районындағы Имам Абу Иса ат-Термизий комплексинде Имам Термизий ҳәм термизий алымларыныӊ өмири, илимий ҳәм дөретиӯшилик жумысына бағышланған шығармаларыныӊ баҳалы қол жазба ҳәм баспа нусқалары және китапларыныӊ көргизбесин шөлкемлестириў.

  1. Жоқары билимлендириӯ, илим ҳәм инновациялар министрлиги:

Дин ислери бойынша комитет пенен биргеликте 2024-жыл сентябрь-октябрь айларында Термиз мәмлекетлик университети ҳәм Өзбекстан халықаралық ислам академиясында Жоқары билимлендириӯ мәкемелерин раӯажландырыӯ қорыныӊ қаржылары есабынан «Термизий  алымларыныӊ илимий-ағартыўшылық  мийрасы: өтмиш ҳәм бүгин» темасында республикалық илимий-әмелий конференциясын және Имам Термизийдиӊ өмири ҳәм илимий жумысына байланыслы илимий мақалалар таӊлаӯын өткерсин;

Алым ҳәм муҳаддис алымларымыздыӊ илимий мийрасы ҳәм сийрек ушырасатуғын шығармаларын үйрениӯ бойынша Илимди қаржыландырыӯ ҳәм инновацияларды қоллап-қуӯатлаӯ қорыныӊ қаржылары есабынан әмелге асырылатуғын  илимий-изертлеӯ жумысларына мәмлекетлик буйыртпа белгиленген тәртипте қәлиплестирилип барсын.

  1. Өзбекстан мусылманлары уйымына имам-хатиблер ҳәм диний билимлендириӯ мәкемелериниӊ талабалары арасында «Имам Термизий шығармалары бойынша ҳәдислер билимданы» таӊлаӯын өткериӯ ҳәм жеӊимпазларын мүнәсип сыйлықлаӯ усыныс етилсин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Дин ислери бойынша комитет, Республикалық Руўхый ағартыўшылық орайы, Жаслар ислери агентлиги, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы менен биргеликте орынларда 2024-жыл даўамында Имам Термизийдиң илимий мийрасына бағышланған дөгерек сәўбетлерин шөлкемлестирсин.
  3. Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы ҳәм Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайы Мәдений мийрас агентлиги менен биргеликте:

Имам Термизий илимий мийрасына тийисли қол жазба, бурынғы китаплар, сийрек ушырасатуғын ҳәм басқа да мәдений байлықлар рестраврацияланыўын және олардың зәрүр дәрежеде сақланыўын тәмийинлесин;

сырт мәмлекетлерде сақланып атырған Имам Термизийдиң өмири, илимий мийрасы және ол жасаған дәўирге байланыслы сийрек ушырасатуғын қолжазба шығармалар ҳәм басқа да байлықларды анықлаў, олардың нусқаларын Өзбекстанға алып келиў ҳәм изертлеўди системалы түрде шөлкемлестирсин;

Имам  Термизийдиң өмири ҳәм  жумысына бағышланған жоқары сапалы медиа мағлыўматлар ҳәм аудиовизуал шығармалар жаратыў, оларды жергиликли ҳәм сырт ел ғалаба хабар қуралларында жәриялаў, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы ҳәм социаллық  тармақларда кеңнен үгит-нәсиятлаў илажларын көрсин.

  1. Сурхандәрья ўәлаяты ҳәкимлиги:

Кадастр агентлиги ҳәм мәпдар шөлкемлер менен биргеликте  еки ай мүдетте Термиз қаласы, Шығыс дәрўаза көшеси, 3-жай мәнзилинде жайласқан Имам Термизий халықаралық илимий изертлеў орайы илимий хызметкерлери ушын қәўендерлердиң қаржысы есабынан қурып питкерилген 5 хызмет үйлериниң нызамшылықта белгиленген тәртипте орайға мүлк хуқықы тийкарында бийпул берилиўин;

Қурылыс ҳәм турақ жай коммунал хожалығы министрлиги менен биргеликте Термиз  қаласында Имам Термизий халықаралық илимий-изертлеў орайына тутас аймақта жайласқан диний билимлендириў мәкемелери ушын оқыў ҳәм басқа зәрүр имаратлардың  қурылып,  пайдаланыўға  тапсырылыўын  тәмийинлесин.

  1. Өзбекстан Милий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы ҳәм «Дүнья» мәлимлеме агентлигине Имам Термизий туўылған күниниң 1200 жыллығын белгилеўге байланыслы илажларды ғалаба хабар қуралларында кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Арипов ҳәм Өзбекстан Республикасы Прездентиниң кеңесгөйи мәсләҳәтшиси М.М. Камиловқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2024-жыл, 15-август