ӨзЛиДеп  Беруний районлық Кеңеси  тәрепинен «Исбилермен ҳаял -2024» таңлаўының районлық басқышы болып өтти. Таңлаўда райондағы исбилермен, фермер ҳәм өнермент ҳаял-қызлар өзлери ислеп шығарған өнимлери менен қатнасты.  Партия тәрепинен ҳаял-қызларды шаңарақлық ҳәм жеке исбилерменликке, киши бизнес ҳәм фермерликке тартыў,  бәнтликке көмеклесиў арқалы жас шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, жумысларын жүзеге шығарыўы ушын  имканиятлар жаратылмақта.

Тийкарынан   ең шетки аймақларда ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў, әсиресе, «Темир дәптер», «Ҳаял-қызлар дәптери», «Жаслар дәптери» не киргизилген пуқараларды түрли кәсип-өнерлерге оқытыў ҳәм  жумысқа жайластырыўға үлкен итибар қаратылмақта. Ҳаял-қызларды исбилерменликке тартыў арқалы олардың бәнтлигин тәмийинлеў, жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик басқарыўда  қатнасыўын кеңейтиў бойынша партия тәрепинен әмелге асырылған илажлар өз нәтийжесин бермекте.

-«Исбилермен ҳаял» таңлаўы экономикамызды раўажландырыўда жаңа жойбарларды әмелге асырыўда, халқымыздың турмысын жақсылаўда мүнәсип  үлес қосатуғын белсенди исбилермен ҳаял-қызларды жүзеге шығарыў арқалы заманагөй исбилерменлерди жаратты десек қәтелеспеймиз,-дейди ӨзЛиДеп  Беруний районлық Кеңеси аппарат баслығы Р.Юлдашева.

Төрешилер  таңлаўда райондағы исбилермен ҳәм өнермент ҳаял-қызлардың жумыслары менен жақыннан танысты. Олардың усы дәўирге шекемги ерискен табыслары, имканиятлары, келешектеги режелери менен ортақласты. Берунийли жас исбилермен Покиза Қошимова «Естелик буйымларын соғыў» киши кәрханасына басшылық етип келмекте. Кәрханада тийкарынан естелик буйымлары, миллий тағыншақлар, сарпайлар топламы, түнги шырақлар менен декоратив гүллер ислеп шығарылады. Райондағы 16 жас қызлардың бәнтлиги тәмийинленген.

Сондай-ақ, таңлаўдың және бир қатнасыўшысы «Азат Яшнар» бағшылық дийқан фермер хожалығы баслығы Турсынай Базарова көп ўақыттан берли бағшылық  ҳәм фермерлик пенен шуғылланып келмекте. Ол басшылық етип атырған  бағшылық фермер хожалығы көп тармақлы болып, ҳәр түрли  мийўели дарақлар ҳәм овощ-палыз егинлеринен тысқары пал ҳәррешилик, балықшылық, шарўашылық сыяқлы тараўлар бойынша өз жумысын алып бармақта. Бағшылық фермер хожалығынан түскен дәрамат есабынан кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақларға қолынан келгенинше жәрдем берип келмекте. Сондай-ақ,  ол пайда көрген дәрамат есабынан 2 трактор ҳәм автомашиналар сатып алған. Бағшылық фермер хожалығы 2016-жылда шөлкемлестирилип, жәми 12,8 гектар егислик жери   болып, 10 гектарына бағ жаратылып, ҳәзирги күнде оннан 100 ге шамалас   мийўе түрлери, овощ-палыз өнимлериниң 20 дан аслам түрлери жетистирилип келинбекте. 10 жылдан берли фермер хожалығында жетистирилген өнимлер Россия мәмлекетине экспорт етилмекте. Буннан тысқары фермер хожалығы тәрепинен биогумус жетистириў жолға қойылған.

Таңлаў жуўмағында «Естелик буйымларын соғыў» киши кәрханасы баслығы П.Қошимова 1-орын, «Илёсбек Эъзоза» тигиўшилик өндирис кәрханасы баслығы Н.Қутлымуратова 2-орынды, «Озод Яшнар» бағшылық дийқан фермер хожалығы баслығы Т.Базарова үшинши орынды ийеледи. Жеңимпазларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен естелик саўғалар тапсырылып, республикалық басқышқа жоллама берилди.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги