2024-жыл октябрь айында Имам Термизий туўылған күниниң 1200 жыллығы кеңнен белгиленеди

270

Бул ҳаққында Президенттиң тийисли қарары қабыл етилди. Қарарға бола:

– Имам Термизийдиң «Аш-Шамоил ал-Муҳаммадия» ҳәм «Сунани Термизий» шығармаларының мотуридийлик ақидасы ҳәм ханафийлик мазҳабына сүйенген көп томлық академиялық аўдарма ҳәм шолыўы таярланады ҳәм басып шығарылады;

– Имам Термизийдиң өмири ҳәм илимий мийрасының мәнисин ҳәм бүгинги күндеги әҳмийетин ашып бериўши илимий-ғалабалық ҳүжжетли филм жаратылады ҳәм сахналастырылған спектакль көрсетилиўи шөлкемлестириледи;

– Имам Термизий туўылған күниниң 1200 жыллығына бағышланған естелик сувенирлери айланысқа шығарылады ҳәм почта маркалары, календарлар, оның өмири ҳәм илимий мийрасын сәўлелендиретуғын басқа да көргизбели мәлимлеме қуралларының дүркини жаратылады;

– 2024-жыл октябрь айында Ташкент қаласында «Ислам – тынышлық ҳәм жақсылық дини» темасында халықаралық илимий-әмелий конференция ҳәм конференция шеңберинде Термиз қаласында «Имам Термизий илимий мийрасының ислам цивилизациясында тутқан орны» темасында халықаралық илимий-әмелий әнжуман өткериледи;

– Имам Термизий зыярат орнына алып барыўшы жол инфраструктуралары жақсыланады, соның ишинде, естелик комплекси ҳәм оған тутас аймақлар абаданластырылады;

– Өзбекстан мусылманлары уйымына имам-хатиблер ҳәм диний билимлендириў мәкемелериниң талабалари арасында «Имам Термизий шығармалары бойынша ҳәдислер билимданы» таңлаўын өткериў ҳәм жеңимпазларды мүнәсип сыйлықлаў усыныс етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги