Президент Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына сапарын санаат потенциалы менен танысыўдан баслады.

«Nukus Electroapparat» қоспа кәрханасы 2017-жылы иске түсирилген болып, онда электр энергиясы тармағы ушын кернеў үскенелери ислеп шығарылады. Усы жылы июнь айында бул жерде 10 миллион доллардан аслам қаржы есабынан қуяш панеллерин ислеў жойбары иске түсирилди. Үскенелер Корея Республикасынан келтирилип орнатылды. Өндирис процеси 100 процент автоматластырылған. Жойбардың жыллық қуўатлылығы 273 мың дана.

Бул мәмлекетимизде альтернатив энергетикадан пайдаланыў бағдарындағы жумысларда қол келеди. Ҳәзирге шекем түрли имарат ҳәм шаңарақларда 600 мегаватт қуўатлылықтағы қуяш панеллери орнатылған. Бул жумыслар еле даўам етеди.

Қоспа кәрхана ишки базарда талап жоқары болған өнимди локализациялаў менен бирге 4 миллион долларлық экспорт имканиятына да ийе болды. 70 пуқара жумыс пенен тәмийинленди.

Мәмлекетимиз басшысы жумыс процесин көрип, хызметкерлер менен сәўбетлести. Жуўапкерлерге бундай кәрханаларды көбейтиў, оларда базар талабы жоқары болған өнимлер ислеп шығарыў бойынша көрсетпелер берди.

Бул жерде тармақ кәрханаларында ислеп шығарылып атырған өнимлер таныстырылды.

Заводтың өзинде де 125 киловатт қуўатлылықтағы қуяш панеллери орнатылған. Оннан алынған электр ишки мүтәжликлер ушын жумсалады, артықшасы аймақлық электр тармағына сатылады.

Кейинги жыллары елимизде 2 миллиард доллар инвестиция есабынан қуўатлылығы 2,6 гигаватт 10 қуяш ҳәм самал станциялары иске қосылды. Сондай-ақ, улыўма баҳасы 19 миллиард доллар болған 18,6 гигаваттлы 32 «жасыл» жойбар бойынша жумыс алып барылмақта. Улыўма айтқанда, 2030-жылға шекем энергетика балансында қайта тиклениўши қуўатлықлардың үлесин 40 процентке жеткериў мақсет етилген.

 

ӨзА