17-август күни 20242025-оқыў жылы ушын жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат билимлендириў бағдарларына кириў тест сынақлары бойынша таңлаў нәтийжелери жәрияланды.

Онда жуўмақлаўшы таңлаў нәтийжелери (мандат) менен елимиздиң бир қатар жаслары студент болыў бахтына миясар болды. Президентимиздиң ғамхорлығы ҳәм итибары нәтийжесинде қарақалпақстанлы жасларға бир қатар имканиятлар жаратып берилип атырғанын атап өтиў керек. Солай екен, усы жылы студентлер қатарынан орын алмаған абитуриентлерде еле имканият бар.

Мәмлекетимиз басшысының 2022-жыл 31-августтағы «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструтураларды жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың бәнтлигин арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасаўшы ҳәм улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин тамамлаған жаслар ушын 2023-2024-оқыў жылында мәмлекетлик грант тийкарында қосымша 3 мың, төлемли-контракт тийкарында қосымша 6 мың 500 квота ажыратылған еди.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, бул пәрман менен усы жылы да қарақалпақстанлы жасларға Нөкис ҳәм Ташкент қалаларынан тысқары ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелерине оқыўға кириўи ушын қосымша квоталар ажыратылыўы нәзерде тутылмақта. Жәрияланып атырған мандат нәтийжелери бойынша студент болғанлардан тысқары және 6 мың 500 жас жоқары билимлендириў мәкемелерине қабылланады.

Даўыт Абибуллаев,

Қарақалпақстан хабар агентлиги