Президент “Юридикалық шахс статусына ийе болмаған кәсиплик аўқам шөлкемлерин есапқа қойыў тәртиби белгиленип атырғаны мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымша ҳәм өзгерис киргизиў ҳаққында»ғы нызамға қол қойды.

Ҳүжжетте атап өтилиўинше, әмелиятта юридикалық шахс статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамлар бөлимлери ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлери ушын банк есапбетлерин ашыўда машқалалар бар, себеби буның ушын СТИН алыў талап етиледи.

Нызам менен Салық кодксине юридикалық шахс статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамлары бөлимлери ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлерине СТИН бериў ҳаққында қосымша киргизилмекте.

Буннан тысқары, «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы нызамға юридикалық шахс статусына ийе болмаған кәсиплик аўқамлары бөлимлери ҳәм басланғыш кәсиплик аўқамлары шөлкемлерин әдиллик уйымларында есапқа қойыў имканиятын нәзерде тутатуғын ҳәм усы тәртипти Министрлер Кабинет тәрепинен белгилеўди нәзерде тутатуғын қосымшалар киргизилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги