Қырғызстан Республикасы Шолпан-Ата қаласында ересеклер ҳәм ҳаял-қызлар арасында спорттың самбо гүреси ҳәм жаўынгер спорт түрлеринен Жәҳән кубоги болып өтти.

Қызғын беллесиўлер менен өткен жарысқа 14 мәмлекеттен 217 спортшы қатнасып, соннан ҳаял-қызлар арасында жаўынгер самбо түринен Өзбекстан сайланды командасы ағзасы, қарақалпақстанлы еки спортшы қыз қатнасып, жақсы нәтийжеге еристи.

Атап айтқанда, көплеген самбошыларды жетистирип киятырған Нөкис районынан И.Елмуратова 80 кг салмақта қатнасып, сыйлы 3-орынды ийелеп, қола медалын жеңип алыўға еристи.

Спортшыларымызды жарысқа Р.Балтабаев ҳәм Б.Досбергеновлар таярлады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги