Қазақстан СИМ мағлыўматына бола, ушырасыў даўамында министр еки мәмлекет басшыларының сиясий ерк-ықрары себепли соңғы жыллары Қазақстан-Өзбекстан қатнасықлары стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық дәрежесине көтерилгенин айрықша атап өтти.
Қазақстан Президентиниң пәрманына муўапық, министр әмелге асырылған үлкен жумыслар ҳәм елшиниң еки тәреплеме қатнасықларды беккемлеўге қосқан үлкен үлеси ушын Саидикром Ниёзхўжаевты жоқары мәмлекетлик сыйлық – II дәрежели «Дослық» ордени менен сыйлықлады ҳәм оның келешектеги жумысында жаңа табыслар тиледи.
Саидикром Ниёзхўжаев 2018-жылдың март айында Өзбекстанның Қазақстандағы елшиси етип тайынланған еди. Буған шекем ол Өзбекстан Президенти администрациясы ҳәм түрли мәмлекетлик уйымларда жуўапкер лаўазымларда, атап айтқанда, мәмлекетлик кеңесгөйдиң орынбасары, экономика министри орынбасары лаўазымларында жумыс ислеген.
Сондай-ақ, Саидикром Ниёзхўжаев 2015-2018-жыллары Өзбекстан сыртқы ислер министриниң орынбасары лаўазымында да жумыс алып барған.
Қарақалпақстан хабар агентлиги