Өзбекстанда Салық уйымларының мәлимлеме системалары менен интеграцияласқан такси агрегаторларының саны 142 қа жетти. Бул ҳаққында Салық комитети баспасөз хызмети хабар берди.
Мәлим етилиўинше, алдын рәсмий емес жумыс ислеп келген ярым миллионнан артық пуқара (576,1 мың) жолаўшы тасыў тараўында өзин-өзи бәнт еткен шахс сыпатында рәсмий дизимнен өткен. Олардан 361 мыңнан асламы агрегаторлар арқалы хызмет көрсетеди, бул март айындағы көрсеткишлерге салыстырғанда еки есеге көп.
2024-жылдың басынан 15-августқа шекем агрегаторлар арқалы 166 миллионнан аслам қатнаў ушын 3 триллион сумлық фискал чек берилди. Төлемлерди фискалластырыў өзин-өзи бәнт еткен айдаўшылардың дәраматлары ҳаққында мағлыўмат алыў имканиятын береди.
Олардың дәраматлары төмендегише бөлистирилген:
- 125,6 мыңы —1 миллион сумға шекем;
- 104 мыңы — 1-5 миллион сум;
- 45,3 мыңы — 5-10 миллион сум;
- 78 мыңы — 10-50 миллион сум;
- 7,6 мыңы — 50-100 миллион сум.
171 айдаўшының дәраматы 100 миллион сумнан артқан.
Буннан көринеди, ҳәр үшинши айдаўшының айлық дәраматы 1 миллион сумнан артпайды.
Бир мәртелик жолаўшы тасыўдың орташа баҳасы – 18 003 сум.
Өзин-өзи бәнт еткен айдаўшылардың 39,5 проценти 30 жасқа шекемги, 33,8 проценти 30 жастан 5- жасқа шекемгилер, 6,7 процентин болса 50 жастан жоқары болған адамлар қурайды.
Таксишилик ушын ең көп пайдаланылып атырған автомобильлер Nexia (22, 3 процент), Cobalt (19,7 процент), Lacetti (16,4 процент). Оннан кейинги орынларда Spark (13,2 процент), Matiz (9,7 процент), Tracker (0,9 процент), Malibu (0,7 процент) ҳәм басқа автомобильлер бар.
Қарақалпақстан хабар агентлиги