Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Турақ жай ҳуқықы бойынша арнаўлы баянатшысы Балакришнан Ражагопал 19-30-август күнлери мәмлекетимизге келеди. Бул ҳаққында структураның мәмлекетимиздеги ўәкилханасы ӨзАға хабар берди.

Балакришнан Ражагопал мырза мәмлекетимиз миллий нызамшылығы ҳәм әмелиятында турақ жай ҳуқықын қорғаў ҳәм әмелге асырыў, атап айтқанда, турақ жайдың арзанлығы, жарамлылығы, тийисли хызметтен пайдаланыў имканияты ҳәм мәжбүрий көшириў жағдайын үйренеди.

Эксперт бул ҳуқықтан мәмлекет халқы барлық категория, топарлары пайдаланыўы ушын көрилип атырған илажларды таллайды. Сондай-ақ, климат кризисиниң турақ жай ҳуқықына тәсири ҳәм халықты қызықтырып атырған темаға байланыслы мәселелер, қала қурылысы бойынша қарар қабыл етиўде одалар қатнасыўына да итибар қаратады.

Режеге бола, БМШ ўәкили Ташкент, Жиззақ, Самарқанда, Бухара ўәлаятлары қала, районларына, атап айтқанда, студентлер жасайтуғын орын, шаңарақта түрли қыйыншылыққа ушыраған яки баспанасыз қалған шахслар ушын мөлшерленген мәнзиллерге барыўы күтилип атыр. Бир қатар рәсмий ушырасыўлар, пуқаралық жәмийети ҳәм бизнес шеңбер ўәкиллери менен сөйлесиўде де нәзерде тутылған.

Сапар жуўмағы бойынша БМШ арнаўлы баянатшысы баспасөз әнжуманын өткереди. 2025-жыл март айында болса БМШ Инсан ҳуқықы бойынша кеңесине сапары ҳаққында есабат береди.

Б.Худойбердиев, ӨзА