Хабарыңыз бар, быйылғы жылдың 14-август күни ЖДСШ Африкада тарқалып атырған «маймыл шешеги»ниң “Clade 1b” штаммының жаңа толқыны себепли, денсаўлықты сақлаў бойынша айрықша жағдай деп жәриялады.

Санитария-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы комитетиниң мәлимлеме хызмети берген мағлыўматқа бола, елимизге бул кеселлик кирип келиўиниң алдын алыўға қаратылған илажлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, кеселликтиң сырттан кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бағдарында халықаралық аэропортларда, темир жол ҳәм автомобиль жоллары арқалы шегара кесилискен орынларда санитария қадағалаўы пунктлери қәнигелериниң сергеклиги арттырылды. Қәнигелер «маймыл шешеги» кеселлигиниң этиологиясы, клиникасы, эпидемиологиясы ҳәм профилактикасы бойынша методикалық қолланба тийкарында оқытылды.

Сондай-ақ, емлеў-орынлары, зәрүр дәри қураллары резервлери шөлкемлестирилди. Кеселликке шатылған наўқас пенен байланыста болғанларды 21 күн даўамында медициналық бақлаўды шөлкемлестириў белгилеп алынды.

Ең әҳмийетлиси, кеселликти лаборатор анықлаў ушын тест-диагностикум резерви жаратылмақта.

Мағлыўмат ушын, шыпакерлердиң сөзлерине бола, «маймыл шешеги» вирусы инфекция болып, адамларға, патасланған нәрселер яки кесел ҳайўанлар менен байланыс ҳәм жынысый байланыс арқалы жуғыўы мүмкин.

ӨзА