Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов басшылығындағы мәмлекетимиз ҳүкимети делегациясы Аўғанстанға барды.

Сапар шеңберинде Қабул қаласында Бас министри ўазыйпасын атқарыўшы Абдул Ғани Бародар, ўақытша ҳүкимет басшысының ҳәкимшилик мәселелер бойынша орынбасары Абдул Салом Ханафий, сиясий мәселелер бойынша Абдул Кабир ҳәм сыртқы ислер министри Амир Хан Муттақий менен ушырасыўлар өткерилди.

Сөйлесиўлер даўамында мәмлекетлеримиз арасындағы байланыслар дослық, бирге ислесиў ҳәм жақсы қоңсышылық принципине тийкарланғаны, Өзбекстан Аўғанстанға Орайлық Азияның үзликсиз ҳәм ажыралмас бөлеги сыпатында қарайтуғыны атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Аўғанстанда әмелдеги ҳүкимет пенен халықаралық қарым-қатнас орнатылмаса, ҳеш қандай унамлы нәтийжеге ерисип болмайтуғынын атап өткен. Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен 2022-жылы қабыл етилген Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясының арнаўлы резолюциясында Орайлық ҳәм Қубла Азия арасында байланыс орнатыўда Аўғанстан айрықша орын ийелейтуғыны тән алынған.

Сол мәнисте мәмлекетимизде бириншилерден болып Аўғанстанның ўақытша ҳүкимети менен  конструктив, өз-ара қолайлы қарым-қатнас жолға қойған.

Ушырасыўларда мине, усы принциплер тийкарында өз-ара саўда байланысларын раўажландырыў, энергетика тараўындағы нәтийжели бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, соның ишинде, мыс, темир, нефть-газ кәнлерин биргеликте өзлестириў, сондай-ақ, транспорт-логистика, аўыл ҳәм суў хожалығы, билимлендириў, аймақлар аралық қатнасты және де тереңлестириў бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды.

Саўда айланысын быйыл 1 миллиард долларға, жақын келешекте болса 3 миллиард долларға жеткериў имканиятының бар екенлиги, оның ушын иске қосылмаған ресурсларды өз-ара пайдалы тийкарда әмелиятқа избе-из қолланыў зәрүр екенлиги айрықша атап өтилди.

Онда еки тәреплеме инвестицияны қоллап-қуўатлаў, жеңиллетилген саўда алып барыў саўда-экономикалық шерикликти кеңейтиўге түртки беретуғыны мақулланды.

Тәреплер өз-ара пайдалы қарым-қатнасты турақлы даўам еттириў, бирдей ҳәрекет пенен қарым-қатнасты избе-из раўажландырыўға байланыслы басқа мәселелер де көрип шығылды.

Сапар шеңберинде бир қатар ҳүжжетлерге қол қойылды.

ӨзА