Ирригация ҳәм суў мәселелери илимий-изертлеў институтының илимпазлары ҳәм докторантлары тәрепинен Қарақалпақстан Республикасының районларында суў хожалығына тийисли машқалалар, олардың келип шығыў себеплери ҳәм шешимлерин талқылаў бойынша илажлар өткерилмекте.

Нөкис районындағы “Анасай” каналында жайласқан “Бессаға” гидротехникалық қурылмасында аймақтағы суў хожалығы хызметкерлериниң қатнасыўында семинар өткерилди.

Семинарда бетон қапламалы каналлардағы машқалалардан келип шығып, “Бетон элеменлериниң ислеў мүддетин созыўшы компазицияны таярлаў ҳәм қолланыў” темасында илимпазлар илимий усынысларын берип өтти. Соның менен бирге, районларда өткерилип атырған усындай илажларда суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў, жерлердиң мелиоративлик жағдайының турақлылығын тәмийинлеў сыяқлы мәселелер бойынша да пикир-усыныслар билдирилмекте.

– Мәселен, Қоңырат районындағы “Қоңыратлы Мухаммед” фермер хожалығының атызларында аймақларда суўды үнемлеўши технологияларды енгизиўдеги мәселелерден келип шығып, “Қарақалпақстан Республикасы топырақ климат шараятында регионда әмелдеги суўды үнемлеўши технологиялардан дурыс пайдаланыў” темаларында илимий-әмелий семинар өткерилди,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хызмети баслығы Ғ.Атажанов.

Онда Қарақалпақстан Республикасында суў жетиспеўшилиги шараятында суўды үнемлеўши суўғарыў технологияларынан дурыс пайдаланыў мақсетинде илажлар өткерилип атырғанлығы атап өтилип, суў хожалығына тийисли бетон ҳәм темир бетон қурылмаларының жумыс ислеў мүддетин созыў, суў өткермейтуғын қатламларды жаратыў ҳәм жемирилген бетонларды сақлап қалыў бойынша да илимий усыныслар берилди.

Ирригация ҳәм суў мәселелери илимий-изертлеў институты докторантлары ҳәм  усы институттың Қарақалпақстан аймақлық орайы илимпазларының қатнасыўындағы семинарлар басқа районларда да өткерилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги