Пакистан 126 мәмлекеттиң пуқаралары ушын электрон виза бериў ушын жыйымларды бийкарлады.
Дизимге Өзбекстан, сондай-ақ, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан, Россия ҳәм Беларусь киреди. АҚШ, Уллы Британия, Япония, Қубла Корея, Европа Аўқамының барлық мәмлекетлери ҳәм бир қатар Жақын Шығыс мәмлекетлерииниң пуқаралары да жыйым төлеўден азат етилген.
Электрон визаға арза тапсырыў ушын жоқарыда атлары көрсетилген мәмлекетлердиң пуқаралары 24 саат ишинде паспорт фотосүўрети ҳәм нусқасын Пакистан ИИМ веб-сайтына береди. Виза 90 күн даўамында әмел етеди.
Буннан тысқары, Пакистан Саудия Арабстаны, БАӘ, Бахрейн, Қатар, Қувейт ҳәм Оман исбилерменлери ушын виза талапларын пүткиллей бийкар етти. Бул ҳәрекет бизнес ҳәм инвестиция белсендилигин хошаметлеўи күтилмекте.
«Виза режимин әпиўайыластырыў мәмлекеттиң экономикалық турақлылығына үлес қосады. Бул ҳәрекет, сондай-ақ, Пакистанды туризм ҳәм инвестициялар ушын тартымлы орынға айлантырады», – дейди мәмлекет ҳүкимети баслығы Шаҳбоз Шариф.
Қарақалпақстан хабар агентлиги