Мәмлекетимизде исбилермен ҳаял-қызлардың қатары күннен-күнге көбейип бармақта. Олардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм исбилерменлик жумысларын қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, кең көлемли жумыслар алып барылмақта.
Исбилермен ҳаял-қызлар арасында өткерилген ҳәр қыйлы таңлаўларда олардың арасынан белсендилери шықпақта.
Хожели районында «Исбилермен ҳаял – 2024» жойбарының районлық басқышы өткерилди. Оған аймақта исбилерменлик пенен шуғылланып киятырған ҳаял-қызлар қатнасып, өзлериниң белсендигин көрсетти. Таңлаў төрешилер қурамы тәрепинен әдил баҳаланып барылып, “Қумбыз” мәҳәллесиндеги “Qaraqalpaq textile” ЖШЖ баслығы Н.Худайбергенова жеңимпаз деп табылып, республикалық басқышқа жоллама алды.
Барлық қатнасыўшылар шөлкемлестириўшилер тәрепинен ҳүрмет жарлығы ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги