Хабарыӊыз бар, жақында ғана Президентимиздиң тийисли пәрманы ҳәм бийлигине муўапық елимизде исбилерменликти раўажландырыў жолындағы пидайылығы, сондай-ақ, жәмийеттеги белсендилиги ушын қарақалпақстанлы бир қатар исбилерменлер мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Олардыӊ арасында исбилермен “Қаӊлы Хантѳре” ЖШЖ директоры Гүлбаҳар Базарбаева да бар.

Нан ҳәм сүт ѳнимлерин ислеп шығарыўшы бул кәрхана 2012-жылдан ѳз жумысын баслаған болып, бул жерде 50 ден аслам жумыс орынлары жаратылған. Итибарлысы, жумысшылардыӊ кѳпшилиги жаслардан ибарат.

Президентимиздиӊ ПП-213-санлы пәрманы тийкарында исбилермен жеӊиллетилген кредит алыў арқалы, кәрханасын Германия хәм Түркия мәмлекетлеринде ислеп шығарылған, нан ҳәм сүт ѳнимлерин ислеп шығарыўға арналған заманагѳй техникалар менен тәмийинледи.

– Арзан ҳәм сапалы ѳнимлер болғаны ушын бизиң өнимлеримизге турақлы қарыйдарлар пүткил республикамыз бойлап табылады,-дейди Г.Базарбаева.

Мийнетлери ылайықлы баҳаланып, Гүлбаҳар Базарбаева Президентимиз бийлиги менен “Фаол тадбиркор” кѳкирек белгиси менен сыйлықланды. Алдағы ўақытта исбилермен кәрханасыныӊ жумысын еле де кеӊейтип, кѳбирек жаслардыӊ бәнтлигин тәмийинлеўди мақсет еткен. Әлбетте, мийнеттиӊ жемиси усындай болады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги