Спорт министрлигинде Өзбекстан гүрес федерациясының гезектеги есабат-сайлаў конференциясы шөлкемлестирилди.
Қарақалпақстан Республикасы, аймақлық гүрес федерацияларының жуўапкерлери, тийисли қәнигелер, делегатлар қатнасқан конференцияда өткен жыллар даўамында мәмлекетимизде миллий спортымыз гүрести раўажландырыў, оның халықаралық майдандағы раўажланыўын қоллап-қуўатлаў, зәрүр инфраструктураны жаратыў бағдарында системалы жумыслардың әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.
Атап айтқанда, Европа, Америка, Азия, Африка ҳәм Океания континентиниң бир қатар мәмлекетлеринде гүрес турнирлери, ҳәр қыйлы чемпионатлар, семинар-шынығыўлар өткерип келиниўи тийкарында миллий спортымыздың халықаралық раўажланыўына айрықша итибар қаратылып атырғаны айтып өтилди.
Конференцияда шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылды. Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Ниғматилла Йўлдошев делегатлардың даўыс бериўи нәтийжесинде жаңа бес жыллық мүддетке мәмлекет гүрес федерациясы басшылығына қайта сайланды.
Т.Рўзиев,
ӨзА