Сенат жалпы мәжилисинде Өзбекстан ушын тийкарғы болған халықаралық рейтинг ҳәм индекслер дизимин тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, соңғы 4 жылда мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый тараўларға байланыслы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў бойынша Президентимиздиң бир қатар пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилген.

Олардың арасында 2020-жыл 2-июньдеги «Өзбекстан Республикасының халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орнын жақсылаў ҳәм мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде олар менен системалы ислесиўдиң жаңа механизмин енгизиў ҳаққында»ғы пәрман елимизде бул бағдар әмелге асырылып атырған жумысларды жаңа басқышқа көтериўде әҳмийетли бағдарлама болды.

Өткен дәўир даўамында социаллық-экономикалық ҳәм сиясий-ҳуқықый тараўларда алып барылған реформалар нәтийжесинде бир қатар халықаралық рейтинглерде унамлы көрсеткишлерге ерисилди.

Атап айтқанда, экономиканың либералласыўы ҳәм қолайлы инвестициялық орталықтың жаратылыўы нәтийжесинде Экономикалық еркинлик индексинде мәмлекетимиздиң орны 5 текшеге көтерилип, 178 мәмлекет арасында 109-орынды ийеледи.

Соңғы 7 жылда болса Өзбекстан өз көрсеткишлерин 57 текшеге жақсылады.

Сондай-ақ экономикалық тармақлар ҳәм социаллық тараўда, соның ишинде, аўыл хожалығы, энергетика, қурылыс, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа көплеген тараўларда алып барылған инновациялық ҳәм технологиялық раўажланыў  Өзбекстанның  Глобаллық инновациялар индексиндеги көрсеткишлериниң жақсыланыўына алып келди. Өзбекстан бул индексте 132 мәмлекет арасында 93-орыннан 82-орынға көтерилди.

Мәмлекетлик хызметлердиң санластырылыўы, мәмлекетлик уйымлардың жумысына электрон технологиялардың кеңнен енгизилиўи нәтийжесинде Электрон ҳүкиметти раўажландырыў рейтингинде республикамыз өз көрсеткишин 18 текшеге жақсылап, 193 мәмлекет арасында 69-орынды ийеледи ҳәм бул бойынша «жүдә жоқары раўажланып атырған» мәмлекетлер қатарына кирди.

Буннан тысқары, коррупцияға қарсы гүресиў бойынша алып барылып атырған кең көлемли реформалар Коррупцияны қабыллаў индексиндеги мәмлекетимиз көрсеткишлерине унамлы тәсир көрсетти. Соның ишинде, бул индексте 180 мәмлекет арасында Өзбекстан көрсеткишлерин 2020-жылдағы 146-орыннан  2024-жылы 121-орынға алып шығыўға ерисилди.

Улыўма алғанда, соңғы 7 жылда индекстеги мәмлекетимиз орны 36 текшеге жақсыланды.

Мәмлекетимизде ҳуқық үстинлигин тәмийинлеў, инсан ҳуқықы ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша алып барылған реформалар нәтийжесинде Ҳуқық үстинлиги индексинде Өзбекстан соңғы үш жылда өз көрсеткишлерин 14 текшеге жақсылап, 142 мәмлекет арасында 78-орынды ийеледи.

Мәжилис даўамында мәмлекетимиз ушын 15 тийкарғы болған халықаралық рейтинг ҳәм индекслер ҳәм оларға жуўапкер министрлик ҳәм уйымлардың дизими ҳәм 2030-жылға барып мақсетли көрсеткишлер ислеп шығылғаны айтылып, Өзбекстан Республикасының тийкарғы халықаралық рейтинг ҳәм индекслердеги орны жақсыланыўы ҳаққындағы миллий протокол таярлаў бойынша тийисли ўазыйпалар белгиленди.

Додалаўдан соң Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

ӨзА