Балалардың  нызамға қарсы  түрде диний билим алыўына  шек қойылады

638

Сенаттың 55-жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине бала ҳуқықларының қорғалыўын және де бекемлеўге  қаратылған қосымша ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы Нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, кейинги жылларда жас өспирим балаларды нызамға қарсы диний билим алыўға әйне ата-аналардың өзи алып барыў жағдайлары көбейип бармақта.

Ҳуқық-қадағалаў уйымлары тәрепинен алып барылған үйрениўлер нәтийжесине бола, 2021-2023-жыллар ишинде нызамсыз диний билимнен сабақ бериў менен байланыслы 2 мың 457 ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар анықланған. Олардың 1 мың 479 и «өжире» шараятында шөлкемлестирилген болып, оларда оқып атырғанлардың 60 процентин жас өспиримлер қураған.

Баланың нызамға қарсы диний жумыс пенен шуғылланатуғын ҳеш қандай дизимнен өтпеген, рәсмий емес орайлар ҳәм шахслардан диний билим алыўы нәтийжесинде олардың диний экстремистлик идеяларының қурбанына айланып қалмаўына ҳеш ким кепиллик бере алмайды. Соңғы 3 жылда диний экстремизм ҳәм терроризм менен байланыслы  жынаятлар бойынша жуўапкершиликке тартылған жас өспирим шахслардың саны 4 есеге артқан.

Қалаберди, бундай нызамсыз билимлендириў процесинде балаларға байланыслы түрли аўыр жынаятлар жүз бермекте. Баланың еркин ҳәрекетлениўин шеклеў және санитария-гигиена талапларына жуўап  бермейтуғын имарат ҳәм ханаларда сақлаў, оған физикалық азап бериў ямаса руўхый басым өткериў  жағдайларын, ҳәттеки, жынысый зорлық қурбаны болып атырғанын  буған айқын мысаллар сыпатында келтирип өтиў мүмкин.

Мәмлекетимизде диний билимлендириў мәселеси әмелдеги нызамшылықта анық белгилеп қойылған. Соның ишинде, «Ҳүждан еркинлиги ҳәм диний шөлкемлер ҳаққында»ғы нызамда ҳәм оннан алдынғы нызамларда диний профессионал билимлендириўдиң ҳуқықый тийкаралры қатаң белгиленген. Жеке  тәртипте диний билим менен шуғылланыў нызамға қарсы есапланады.

Додаланып атырған нызам жоқарыда атап өтилген унамсыз жағдайлардың алдын алыў,  ата-аналар және олардың орнын басатуғын шахслардың балаларды оқытыў, тәлим-тәрбия бериўге байланыслы миннетлемелерди орынлаў бағдарындағы жуўапкершилигин  күшейтиў, сондай-ақ, балалардың билим алыў ҳуқықы кепилликлерин тәмийинлеў  мақсетинде ислеп шығылғаны айрықша атап өтилди.

Усы нызам менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекси және «Бала ҳуқықларының кепилликлери ҳаққында»ғы нызамға ата-аналар ямаса олардың орнын басатуғын шахслар  тәрепинен баланы нызамға қарсы түрде диний билим алыўға тартыўға жол қоймаў мақсетинде усы нызамшылық  талабына әмел етпегени ушын жуўапкершиликти нәзерде тутатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Бул нызам ата-аналар ямаса олардың орнын басатуғын шахслардың  өз перзентлерине диний тәлим-тәрбия бериў ҳуқықын  шеклемейди.

Бул норма Пуқаралық ҳәм сиясий ҳуқықлар ҳаққындағы халықаралық пакттиң 18-статьясында белгиленген қағыйдаларға толық муўапық келеди.

Нызамды усы процесслерде ата-ананың жуўапкершилиги және де күшейтилмекте. Себеби жас бала өзи нызамсыз өжиреге барып қалмайды ҳәм әйне усы жағы да нызамда тәртипке салынған.

Сенаторлар  мақуллаған  нызамның қабыл етилиўи балалардың билим алыў ҳуқықы кепилликлерин тәмийинлеўге хызмет етеди. Олардың кәмил инсан болып жетисиўине түрли аўыр жынаятлар ҳәм диний экстремистлик идеялар қурбанына айланыўының алдын алыўға тийкар жаратады.

Н.Абдураимова,

Р. Назарматов (сүўрет),

ӨзА