Қырғыз Республикасы Чолпан-Ата қаласында –Ыссықкөл жағасында және бир регионаллық әнжуман- Орайлық Азия мәмлектлери айрықша жағдайлар уйымлары басшыларының мәжилиси болып өтпекте.

Өзбекстан, Қазақстан , Қырғызстан, Тәжикстан делегациялары, БМШ агентликлери, халықаралық ҳәм мәмлекетлик емес коммерциялық емес, шөлкемлердиң ўәкиллери қатнасып атырған форумда тәбийғый апатшылық қәўипин азайтыў ҳәм тараўда регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў, улыўмалық ҳәрекетлерди муўапықластырыў, сондай-ақ «Сендай» бағдарламасын әмелге асырыў мәселелери додаланады.

Бизге белгили, Орайлық Азия жер силкиниў, сел, суў тасқыны көринисиндеги тәбийғый апатшылықларға ҳәлсиз регион болып қалмақта. Усы көзқарастан нәтийжели сөйлесиўди жолға қойыў, мәлимлеме ҳәм тәжирийбе алмасыўда бул илаж үлкен әҳмийетке ийе. Бул процессте халық ҳәм аймақларды тәбийғый, техноген өзгешеликке ийе айрықша жағдайларда қорғаў бойынша ис-ҳәрекетлерди күшейтиўге қаратылған шерикликти және де күшейтиў зәрүр.

Илаж жуўмағы бойынша тийисли протоколға қол қойылады.

ӨзА